Get Mystery Box with random crypto!

Москва биржасы өзбек сўмы, арман драмы ҳәм Қубла Африка рандын | FOREXClub Qaraqalpaqstan

Москва биржасы өзбек сўмы, арман драмы ҳәм Қубла Африка рандында саўдаларды баслады.

2022-жыл 27-июннан Москва биржасы валюта базарында өзбек сўмы, арман драмы ҳәм Қубла Африка ранды бойынша саўдалар басланады.

Жаңа валюталар базардың профессионал қатнасыўшылары, олардың клиентлери - физикалық ҳәм юридикалық адамлардың, сондай-ақ сыртқы экономикалық искерлик субьектлериниң саўда мүмкиншиликлерин кеңейтиреди.

Саўдагерлер (трейдерлер) ҳәм олардың клиентлери төмендеги валюта жуплықларында спот ҳәм своп (алмастырыў) инструментлеринде пайдаланыўлары мүмкин:

Қубла Африка ранды - Россия рубли (ZAR/RUB);
АҚШ доллары - Қубла Африка ранды (USD/ZAR);
Арман драмы - Россия рубли (AMD/RUB);
АҚШ доллары - Арман драмы (USD/AMD);
Өзбек сўмы - Россия рубли (UZS/RUB).


Бирлескен Араб Әмирликлери дирҳамы - Россия рубли (AED/RUB) ҳәм АҚШ доллары - БАӘ дирҳамы (USD/AED)
валюта жуплықларында саўданың басланыўы кейин дағаза етиледи деп хабарлады www.moex.com.